Педагогика факультетинде жаңа жыл байрамы мүнәсибети менен жарыс болып өтти

14-декабрь күни институтымыздың педагогика факультетинда шет тили пәни оқытыўшылары басшылығында жаңа жыл байрамы мүнәсибети менен жарыс болып өтти.

Жарысқа факультеттиң педагогика-психология, сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы, музыкалық тәлим бағдарларының студентлери қатнасты.

Жарыс ҳәр бир қәнигелик өз тараўына байланыслы болған әсбап-үскенелер және терминлерди инглис тилинде айтып бериў, инглис тилинде байрам тилеклерин билдириў, қосық айтыў сыяқлы шәртлер тийкарында болып өтти.

Жарыс жуўмағында өзлериниң қулаққа жағымлы қосықлары менен музыкалық тәлим бағдары студентлери 1-орынды, өзгеше дөретиўшилиги ҳәм шөлкемлестириўшилиги менен сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы бағдары студентлери 2-орынды, өз шаққанлығы менен педагогика-психология бағдары студентлери 3-орынды ийеледи.

Жеңимпазлар ҳүрмет жарлықлары ҳәм китаплар менен сыйлықланды.

Жарыс студентлердиң концерт бағдарламасына уласты.

 

Улмекен Сапарова,

НМПИ студенти.