Магистратура бөлиминде Конституцияның 26 жыллығына арналған илаж болып өтти
Институтымыздың магистратура бөлиминде Өзбекстан Республикасы Конституциясының қабыл етилгенине 26 жыл толыўы мүнәсибети менен руўхыйлық тийкарлары қәнигелиги 1-курс магистрантлары шөлкемлестириўинде илаж болып өтти.
Илажды магистратура бөлими методисти М.Мәмбетниязов ашып берди.


Илажда Конституциямыздың мазмуны ҳәм әҳмийети, ең соңғы киргизилген өзгерис және қосымшалар бойынша презентация тәризинде жыйналғанларға кең түсиниклер берилди.
Илаж өз ара сораў-жуўаплар менен даўам етти.