Педагогика кафедрасы оқытыўшылары 35-санлы мектепте семинар өткерди
Институтымыздың педагогика факультети педагогика кафедрасы оқытыўшылары С.Сайтбекова ҳәм З.Наимовалар Нөкис қалалық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 35-санлы улыўма билим бериў мектебинде семинар өткерди.


Семинарда кафедрасы оқытыўшысы С.Сайтбекова «ғалабалық мәденият»тың баркәмал әўладқа кери тәсири, ал З.Наимова болса қарақалпақ миллий кийим-кеншеклериниң тәрбиялық әҳмийети бойынша шығып сөйледи.
Илажға мектеп директорының орынбасарлары З.Арзымбетова, Д.Нурышев, мектеп психологы Х.Ходжаев ҳәм жаслар жетекшиси С.Исаевлер қатнасты.