Шет тиллери факультетинде жаңа жыл байрамы болып өтти
Институтымыздың шет тиллери факультетинде жаңа жыл байрам илажлары басланып кетти.
18-декабрь күни факультеттиң немис тили кафедрасы профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жасларының шөлкемлестириўиндеги байрам илажы болып өтти.
Онда институттың жаслар мәселелери бойынша проректоры Қ.Қадиров, факультет деканы И.Дильманов сөзге шығып, кирип киятырған жаңа жылдың табыслы болыўын тиледи.
Байрам илажы жыйналғанлар кеўиллерине байрам нәпесин алып кирди.




Машҳура Давлетова,
Шет тиллери факультети студенти.