Тарийх-география факультети 2018-жылда қандай нәтийжелерге еристи? (жыл жуўмағы)

24-декабрь күни институтымыздың үлкен мәжилислер залында тарийх-география факультети профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслары ушын байрам концерти болып өтти.

Байрам кешесин факультет деканы М.Сарыбаев ашып берди. Буннан соң жуўмақланыў алдында турған 2018-жылда факультет жәмәәти тәрепинен оқыў, илимий изертлеў ҳәм жәмийетлик жумысларда қолға киргизилген табысларға шолыў жасалды. Жыл даўамында белсендилик көрсетип атырған студент-жаслар «Жыл студенти», «Ең талапшаң студент», «Ең зийрек студент», «Ең шох студент», «Ең белсенди сәрдар», «Ең белсенди студент», «Ең белсенди жетекши», «Ең үлгили әмелиятшы-муғаллим» сыяқлы 8 номинация бойынша сыйлықланып, оларға кафедра баслықлары К.Жақсымуратов, А.Сарыбаев, тәжирийбели профессор-оқытыўшылар З.Сеитова, Г.Утепова, А.Нурланов, Ж.Абдираманов, Ш.Танимовлар тәрепинен диплом және байрам саўғалары салтанатлы түрде тапсырылды.

– Ҳәр бир номинация бойынша ҳәр бир топарға кирип, студентлердиң өзлери тәрепинен усыныс етилген студентлерди жеңимпаз деп таўып, сыйлықладық. Жыл жуўмағы бойынша студент-жасларға берилип атырған бундай итибар олардың келеси жылы да өз үстинде тынбай изленип, өз имканиятларын көрсете алыўына тийкар болады, – дейди факультет деканы М.Сарыбаев.

Кешеде факультеттиң талантлы жасларынан дүзилген «Ўа-ҳа-ҳа» командасы тәрепинен таярланған қосықлар, интермедиялар, викториналық сораўлар, күлкили номерлерден ибарат болған «Жаңа жылыңыз бенен, әзиз устазлар!» атамасындағы концерт бағдарламасы жыйналғанлардың итибарына усынылды.

 

Ислам Матеков,

НМПИ баспасөз хаткери.