Студентлер турақ жайында жаңа жыл кешеси болып өтти

Институтымыздың студентлер турақ жайында «Әссалам, жаңа жыл!» атамасындағы байрам кешеси болып өтти.

Кешени педагог-тәрбияшы Р.Қудиярова ашып берди ҳәм басқарып барды.

Байрам кешесинде студентлер турақ жайында жасайтуғын бир топар талантлы жаслар атқарыўындағы қосықлар, аяқ-ойынлар ҳәм сахналық көринислер жыйналғанлар итибарына усынылды.

Кешени шөлкемлестириўде белсене қатнасқан студентлер диплом ҳәм саўғалар менен сыйлықланды.

Кешеге студентлер турақ жайы коменданты У.Раметова ҳәм институт психологы Г.Төрениязова қатнасты.