Стресс өзи не? Оған қарсы қалай гүресиўге болады?

ХХ әсирде барлық кеселликлердиң себепшиси сыпатында нервтиң тыныш болмаўы тийкарғы фактор етип көрсетилетуғынлығы бизге белгили. Ал ҳәзирги күнде денсаўлығымыз бенен байланыслы унамсыз ҳәдийселер стресс пенен тиккелей байланыслы екенлиги айтылмақта.

Хош, стресс өзи не? Оған қарсы қалай гүресиўге болады? Бул сораўларға көпшилигимизде анық жуўаплар болыўы ушын педагогика факультетинде психологиялық кеше шөлкемлестирилди.

Кеше теориялық, әмелий, сондай-ақ, стресстиң унамлы және унамсыз тәреплерин көрсетип беретуғын 3 бөлимнен ибарат болды.

Кеше даўамында студентлер стресс ҳәм оннан қалай шығыў кереклиги бойынша кең түсиниклерге ийе болды.

 

Райхан Хожаниязова,

Педагогика факультети 4-курс студенти.