Президент реновация бағдарламасын ислеп шығыў ҳаққында айтып өтти. Бул қандай бағдарлама?

Мүрәжатта Президентимиз ири мегаполислердиң бул бағдардағы тәжирийбесин үйрене отырып, реновация бағдарламасын, яғный, пайдаланыў мүддети жуўмақланып, ескирип қалған көп этажлы үйлер орнында басқышпа-басқыш ең заманагөй шараятқа ийе болған жаңа үйлерди қурыў бағдарламасын ислеп шығыў керек екенлигин айтты.
Ҳүкимет үш ай мүддетте көп этажлы турақ жай қоры толық хатлаўдан өткерилиўин тәмийинлеў керек. Ири мегаполислердиң бул бағдардағы тәжирийбесин үйренген ҳалда реновация бағдарламасын, яғный, пайдаланыў мүддети жуўмақланып, ескирип қалған көп этажлы үйлер орнында басқышпа-басқыш ең заманагөй шараятқа ийе болған жаңа үйлерди қурыў бағдарламасын ислеп шығыў керек.
Ислам Матеков.