Педагогика факультетинде «Ўатан қорғаўшылары күни»не арналған байрам илажы болып өтти

Институтымыздың педагогика факультетинде Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси менен биргеликте Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлериниң дүзилгенине 27 жыл толыўы ҳәм 14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен байрам илажы болып өтти.

Оған партия ўәкиллери, қаламыздағы әскерий бөлимлерде өз жигитлик ўазыйпасын атқарып атырған әскерлер, факультет жәмәәти ҳәм студент-жаслар қатнасты.

Сөзге шыққанлар жыйналғанларды байрам менен қутлықлап, елимиздиң әскерий қүдиретин арттырыў, заманагөй техникалар менен тәмийинлеў ҳәм реформалаў мақсетинде жүргизилип атырған жумыслар ҳаққында кең тоқталды.

Байрам кешеси факультет қәбилетли студентлериниң атқарыўындағы байрам концерти, ҳәр қыйлы сахналық көринислерден ибарат номерлер менен даўам етти.

 

Баспасөз хызмети