Институтымызда экологиялық қайырқомлық шембилиги өткерилмекте (фоторепортаж)

Арал бойындағы экологиялық апатшылықтың ақыбетлерин жумсартыў бағдарындағы басламалар ҳәм ҳәрекетлерди қоллап-қуўатлаў бойынша орынлардағы жәмийетшилик ўәкиллериниң усынысларынан келип шыға отырып, Ҳүкиметлик бийлик қабыл етилди. Бийликке тийкарланып, 2019-жыл 26-январь күни елимиздиң барлық аймақлары сыяқлы Қарақалпақстанның барлық қала ҳәм районларында, мәкан пуқаралар жыйынларында, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлер, оқыў орынлары сыяқлы Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында да экологиялық қайырқомлық шембилиги өткерилмекте.

Мағлыўмат ушын, қайырқомлық шембилигинен түскен қаржылар Арал теңизиниң суўы қурыған аймағында қорғаў тоғайлықларын пайда етиў, аймақта экологиялық жағдайды ҳәм халықтың жасаў жағдайын жақсылаў, кем тәмийинленген, бағыўшысынан айрылған, социаллық қорғаўға мүтәж болған шаңарақларға материаллық ҳәм руўхый жәрдем бериў сыяқлы илажларға сарпланады.

 

Фотолар авторы: Ислам Матеков,

НМПИ баспасөз хаткери.