Қарақалпақстанда өткен жылы неше неке дизимге алынған? Ажырасыўлар саны қанша?

2018-жылдың январь-декабрь айларында Пуқаралық ҳалаты актлерин жазыў органлары тәрепинен 14,4 мың неке дизимге алынды, сәйкес түрде 1000 адамға салыстырғанда некеден өтиў коэффициенти 7,8 промиллени қурады. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик статистикалық басқармасы хабар берди.
Хабарда жазылыўынша, көрсетилген дәўирде Пуқаралық ҳалаты актлерин жазыў органлары тәрепинен 1,3 мың некеден ажырасыў ҳалаты дизимге алынған болып, сәйкес түрде 1000 адамға салыстырғандағы ажырасыў коэффициенти 0,7 промиллени қурады.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.