Педагогика факультети студентлери бос ўақытларда нелер менен бәнт?

Студентлердиң бос ўақытларын мазмунлы өткериў мақсетинде институтымыздың педагогика факультетинде үлгили жумыслар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, усы жылдың 4-февраль күни факультеттиң педагогика ҳәм психология тәлим бағдарының 2-г курс студентлери Әмет Шамуратов ҳәм Айымхан Шамуратованың үй музейине саяхат етти.

Сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы тәлим бағдарының 3-курс студентлери Өзбекстан Республикасы Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң көргизбелер сарайына барып, бул жерде шөлкемлестирилген «Гүмис қыс» көргизбеси менен танысты.

Педагогика ҳәм психология тәлим бағдарының 1-курс студентлери арасында спорттың стол тенниси ҳәм шахмат-шашка түрлеринен жарыс шөлкемлестирилди.

Музыкалық тәлим бағдарының 3-курс студентлери И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейине саяхат етти.

Сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы тәлим бағдарында кафедра баслығы Ж.Дәрменов басшылығында «Сүўретлеў өнери шеберлиги» атамасында семинар өткерилди.