Филология факультетиниң веб-сайты иске түсти

Институтымыздың филология факультетиниң рәсмий веб-сайты иске түсти.
Сайтта «Бас бет», «Факультет», «Кафедралар», «Оқыў барысы», «Жаңалықлар», «Дағазалар», «Байланыс» сыяқлы бөлимлер болып, оның төменги тәрепинде бакалавиатура, магистратура ҳәм докторантура бағдарламалары бойынша мағлыўматлар жайласқан.
Факультет студентлери ушын усы семестрдеги сабақлар кестеси де орын алған.
Сайттың ең төменги бөлеги жаңалықлар, дағазалар, сондай-ақ, факультет студентлери қәлеминен дөреген мақала, қосық сыяқлы дөретпелер ушын ажыратылған.
Факультет сайтына төмендеги силтеме арқалы өтиўиңиз мүмкин.