Психолог дене мәденияты факультети жаслары менен ушырасты

Усы жылдың 25-февраль күни институтымыз психологы Г.Төрениязова дене мәденияты факультетинде оқып атырған студент-жаслар менен ушырасыў өткерди.
«Ойларымыз – тәғдиримизди жаратады» атамасында өткерилген ушырасыўда инсан ойлаўының оның өмири ушын қаншелли әҳмийетке ийе болатуғынлығы, ойды раўажландырыў, ҳәр тәреплеме жетилистирип барыў усыллары бойынша кең түрде мағлыўматлар берилди.
Илаж сораў-жуўаплар ҳәм пикир алмасыўлар менен даўам етти.