Магистрантлар басламасы менен абитуриентлер таярлаў орайы оқыўшылары музейге саяхат етти

Усы жылдың 26-февраль күни Өзбекстан жаслар ауқамы Қарақалпақстан Республикалық бөлими басламасы менен Əжинияз атындағы Нөкис мəмлекетлик педогогикалық институтында шөлкемлестирилген «Абитуриентлерди таярлаў орайы»ның тарийх пəни бойынша билимлерин жетилистирип атырған оқыўшы-жаслар И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейине саяхат етти.

Саяхатты шөлкемлестириўде институтымыздың магистратура бөлими магистрантлары белсендилик көрсетти.

Саяхат даўамында абитуриент жаслар музейде өзлериниң теориялық билимлерин əмелий жақтан беккемлеп, өзимиздиң бай өтмишимиз ҳəм тарийхымыз бойынша билимлерге ийе болды.