Ташкентте оқып атырған институтымыз студентлери «Илим-2020» бағдарламасының видеоконференциясына қатнасты

Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тәрепинен Голландияның «Elsevier» компаниясы регионаллық директоры Алия Оспанова ҳәм басқа экспертлер қатнасыўында видеоконференция өткерилди.
Видеоконференцияда «Elsevier» компаниясының тийкарғы басылым өнимлери бойынша қәнигеси Озге Сертдемир, компанияның Өзбекстандағы координаторы Дилноза Алланазарова ҳәм басқалар изертлеўшилерге «Scopus» халықаралық илимий мағлыўматлар базаларында материаллар жәриялаў бойынша керекли усынысларды берди.

Илажға Нызамый атындағы Ташкент мәмлекетлик педагогикалық университетинде оқып атырған институтымыз студентлери де қатнасып, өзлерин қызықтырған сораўларға жуўаплар алды.