Шет тиллери факультетинде Зульфия дөретиўшилигине арналған илаж болып өтти

Институтымыздың шет тиллери факультетинде елимиздиң сүйикли шайыры, опадарлық тымсалы болған Зульфия Исраилованың туўылғанына 104 жыл толыўы мүнәсибети менен илаж шөлкемлестирилди.
«Бәҳәр келди сени сағынып» атамасындағы илажда факультет студентлери тәрепинен шайырдың қосықлары атқарылып, сахналық көринислер қойып берилди. Сондай-ақ, талантлы жаслардың жанлы атқарыўындағы қосықлары тыңланды.
Байрам кешеси жыйналғанларға үлкен заўық бағышлады.
Байрам кешесин Алфия Садуллаева шөлкемлестирди.
Машҳура Давлетова,
Шет тиллери факультети студенти.