Қызы бар шаңарақ – пайызлы бир бағ

Усы жылдың 5-март куни институтымыздың мəжилислер залында «8-март Халық аралық ҳаял-қызлар күни» байрамына арналған «Қызы бар шаңарақ – пайызлы бир бағ» атамасындағы байрам кешеси болып өтти.
Оған бир қатар оқытыўшылар ҳәм студент-жаслар қатнасты. Кешени институт Ҳаял-қызлар кеңеси баслығы Б.Арзиева кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды.

Байрам кешеси студентлер турақ жайының талантлы жасларының қызғын беллесиўлери, концерт бағдарламалары ҳәм викторина ойынлары менен даўам етти.
Қатнасыўшы қызларға номинациялар берилип, ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды.
З.Шерипбаева.
Мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тəлим факультети студенти.