Дене мәденияты факультети студентлери Миллий гвардия ашық есиклер күнине қатнасты

Институтымыздың дене мәденияты факультетиниң бир топар питкериўши студент-жаслары Миллий гвардия майданшасында өткерилген ашық есиклер күнине қатнасты.

Студентлер ашық есиклер күнинде Миллий гвардия қурал-жарақлары, әскерий техникалары менен жақыннан танысып, өзлерин қызықтырған сораўларға жуўаплар алды.

Келешекте Миллий гвардия қатарларында жумыс ислеўди қәлеўши студентлер ушын усындай илажларды өткерип барыўдың әҳмийети үлкен болып есапланады.