Химия-биология факультети әмелиятшы студентлери мектепте «Гүллер байрамы»н өткерди

Химия-биология факультетиниң 4-А биология оқытыў методикасы тәлим бағдарының Нөкис қалалық ХББға қараслы №18-санлы улыўма билим бериў мектебинде педагогикалық әмелиятын өтип атырған әмелиятшы студентлери тәрепинен 2019-жылы 18-март күни «Гүллер байрамы» кешеси өткерилди. Кешеге институтымыздың Ботаника, экология ҳәм оны оқытыў методикасы кафедрасы баслығы доцент Ф.Отенова, М.Балтабаев, факультеттиң педагогикалық әмелият бойынша декан орынбасары К.Ешжанов ҳәм усы меткеп директорының руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары Г.Турданбетова ҳәм мектеп жәмәәти қатнасты.

Кешени институтымыздың Ботаника, экология ҳәм оны оқытыў методикасы кафедрасы баслығы доцент М.Балтабаев кирис сөзи менен ашып берди.
Буннан соң усы меткептиң руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша директор орынбасары Г.Тлеумуратова шығып сөйледи.
Кешеде оқыўшылар гүллерге тәрип бериў, викторина, интермедия шәртлери тийкарында өз қәбилетлерин сынап көрди.
Кеше концерт бағдарламасы менен даўам етти.