Қазақстанлы профессорға алғыснама тапсырылды

Алдын хабар бергенимиздей, Хожа Ахмед Яссаўий атындағы Халықаралық Қазақстан-Түркия университети профессоры, педагогика илимлериниң докторы Ералин Қуўандық институтымыздың педагогика факультети сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы тәлим бағдарының студентлерине сабақ өтти.

Қазақстан Республикасы билимлендириў ағласы, мәденият ғайраткери Ералин Қуўандық «Сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасын оқытыў методикасы» пәни бойынша студентлерге теориялық ҳәм практикалық билим берип, болажақ педагогларда оқыўшыларға көркемлик билим ҳәм эстетикалық тәрбия бериў бойынша көнликпелерин беккемлеўге үлкен үлесин қосты.

Илимпаздың сабақларының жуўмақланыўына байланыслы институтымыз ректоры Б.Отемуратов қазақстанлы профессорды қабыллады.

Ушырасыўда еки жоқары оқыў орны арасындағы байланыслардың әҳмийети ҳаққында сөз болып, алдағы ўақытлары бирге ислесиўдиң даўам етиўинен еки тәреп те мәпдар екенлиги билдирилди.

Бир неше күн даўамында өз илими ҳәм билими менен студентлеримизге сабақ өткен Ералин Қуўандыққа институтымыз ректорының алғыснамасы тапсырылды.

Профессор бундай сый-ҳүрмет ушын институт ректорына ҳәм барлық жәмәәтине өз миннетдаршылығын билдирди ҳәм алдағы ўақытлары да сабақлар өтиў, илимий изертлеў жумысларын биргеликте алып барыўға тайын екенлигин атап өтти.