Тарийх-география факультетинде «Шежире» интеллектуал ойынының үшинши мәўсим 2-тур ойынлары болып өтти

Усы жылдың 2-апрель күни институтымыздың Тарийх-география факультетинде «Шежире» интеллектуал ойынының үшинши мәўсим 2-тур ойынлары болып өтти.

Оған факультеттиң барлық тәлим бағдарлары студентлеринен дүзилген жәми 26 команда қатнасты.

Қызықлы, логикалық сораў-жуўапларға бай болған ойын жуўмағына бола, жәми 15 упай топлаған географияны оқытыў методикасы бағдары 3-а курс студентлериниң «Меридиан» командасы 1-орын, географияны оқытыў методикасы бағдары 3-а курс студентлериниң «Мариана» командасы 13 упай менен 2-орын, тарийхты оқытыў методикасы 1-а курс студентлериниң «Агора» командасы 12 упай менен ҳәм 11 упай топлаған тарийхты оқытыў методикасы 4-а курс студентлериниң «Окс» командасы 3-орынды ийеледи.

2-тур ойынларына институттың шет тиллери, химия-биология факультетлери, сондай-ақ, ТИТУ Нөкис филиалының академиялық лицейи оқыўшыларынан дүзилген командалар да қатнасты.