Магистратура бөлиминде #ConstitutionDay ҳәм #AmirTemurDay флэшмобы өткерилди

1993-жылы 9-апрель күни Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы қабыл етилген еди. Мине, бул тарийхый сәнеге бүгин 26 жыл толмақта.

Сәне мүнәсибети менен институтымыздың магистратура бөлими магистрантлары тәрепинен #ConstitutionDay флэшмобы шөлкемлестирилди.

Соның менен бирге, 9-апрель – Сақыпқыран Әмир Темур туўылған күнине арнап #AmirTemurDay флэшмобын өткерди.

Бул илажларды өткериўден мақсет, келешек ийелери болған жасларға Бас Нызамымыз ҳәм уллы бабамыз Әмир Темур ҳаққында еле де кең түсиниклер бериўден ибарат.