Арал-Мойнақ бойларында бинияд болған «Әжинияз бағы»

Ҳәр жылы сәўир айының дәслепки ҳәптелери ишинде өткериў дәстүрге айланған Әжинияз атындағы НМПИ Қарақалпақ әдебияты кафедрасы ҳәм усы кафедра жанындағы «Зийўар» жас әдебиятшылар әдебий дөгереги ағзалары шөлкемлестириўиндеги «Әжинияз күнлери» бағдарламасы бойынша 2019-жыл 7-апрель күни бир топар профессор – оқытыўшылар менен жаслар усы институттың Карақалпақ әдебияты кафедрасы баслығы, филология илимлериниң докторы, профессор, Қарақалпақстан халық жазыўшысы, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Кеңесбай Алламбергеновтың басламасында ҳәм басшылығында «Әжинияз бағы»н жаратыў мақсетинде Нөкис – Қоңырат – Мойнақ гүзары жөнелиси бойынша ХIX әсир қарақалпақ әдебиятының уллы байтереклериниң бири, поэзия жулдызы Әжинияз Қосыбай улы (1824-1878) туўылып өскен ески Қоңырат беглиги, ҳәзирги Мойнақ районы аймақларына қарай жол алды.

Бул профессор-оқытыўшылар менен студент-жаслар бағдарлама бәнтлерине муўапық дәслепки қәдемлерин Қоңырат – Мойнақ гүзары бойындағы Мойнақ районына қараслы «Бозатаў» АПЖ аймағындағы ески Таллық қолтығының қубла-батыс  ҳәм арқа-шығыс тәреплеринде жайласқан Әжинияз бабамыздың мақбара, қойымшылығын зыяратлаўдан баслады.

Соң усы аўыл пуқаралар жыйынының Мойнақ районы орайына 18-20 шақырымдай жақын аралықтағы Шағырлы аўылында бағ жаратыў ушын белгиленип қойылған егис майданшасына келип, «Әжинияз бағы»ның салтанатлы ашылыў мәжилисин баслап жиберди. Мәжилисти усы бағдың ашылыўына тийкар салған белгили алым ҳәм жазыўшы, профессор К.Алламбергенов бағдың жаратылыў тарийхы ҳакқында кирис сөзи ҳәм «Бүгин Арал-Мойнақ бостанға мегзер» деп аталған қосығы менен баслап берди. Кирис сөзден соң Мойнақ районының Инновация ислери бойынша ҳәким орынбасары А.Өтеўлиев, Қарақалпәкстан Республикасы үгит-нәсият орайының жуўаплы хызметкери, Өзбекстанға мийнети сиңген мәденият хызметкери, шайыр Ш.Аяпов, район ҳәкимиятының руўхыйлық бөлими баслығы Б.Икметуллаев, «Бозатаў» АПЖ баслығы Ж.Нурымбетов, НМПИ Биология факультети деканы А.Сапаров, Қарақалпақ әдебияты кафедрасы доценти, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы М.Бекбергенова, районның абаданластырыў бөлими хызметкери Т.Нызаматдинов ҳәм Әжинияз бабамыздың урпақлары атынан Шоманай районы турғыны З.Орақбаевлар шығып сөйлеп, профессор-оқытыўшыларды ҳәм студент жасларды бағдың ашылыўы менен шын жүректен қутлықлады.

– Биз соңғы жылларда, әсиресе быйылғы 2019-жылдың январынан баслап Президентимиз Ш.М.Мирзиёевтың басламасында Мойнақ районын абаданластырыў ҳәм оның халқын социаллық қорғаў бойынща алып барылып атырған жумыслардан жүдә миннетдармыз, – деп көрсетти өз қутлықлаў сөзинде Мойнақ районы «Бозатаў» АПЖ баслығы Жумабай Нурымбетов, – Әсиресе Президентимиздиң басламасында Аралдың қурғап қалған ултанларына сексеўил түқымлары егилип, бул елаттың жасыл қапламалар зонасына, көклемзарлыққа айландырылыўы бойынша алып барылып атырған жумыслар халқымыздың руўхын жүдә көтерип жиберди. Мине, бәҳәр келиўи менен қыстың қақаман суўықларында исленген мийнетлер зая кетпей, себилген сексеўил туқымлары «көз жарып», тебендей болып жерден шаншылып шығып атыр.

Президентимиздиң бул басламасын сизлердей зыялы профессор-оқытыўшылар менен студент жаслардың қоллап-куўатлаўы айрықша айта кететуғын қуўанышлы жағдай болды. Мине, бизиң «Бозатаў» АПЖ аймағындағы усы Шағырлы аўылынан Ташкенттеги Мырза Улығбек атындағы Өзбекстан Миллий университети, Нөкистеги Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты студент жасларының тәжирийбе – сынаў бағлары пайда болды. Бүгин болса Әжинияз атындағы НМПИ Карақалпақ әдебияты кафедрасы баслығы, профессор К.Алламбергеновтың басламасында «Әжинияз бағы» жаратылды.

Бул ушын Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ректоратына, усы бағды жаратыўға тийкар салған профессор К.Алламбергеновтың жеке өзине, оның кафедрасының профессор-оқытыўшыларына, «Зийўар» әдебий дөгерегиниң ағзаларына үлкен миннетдаршылық билдиремиз.

Улыўма, «Саўаплы истиң сәтин берсин» дегендей, сол күни Мойнақ районы «Бозатаў» АПЖ аймағы Шағырлы аўылында «Әжинияз бағы» жаратылып, көлеми 0,5 гектарлық егис майданына 200 ден аслам жаңадан мийўа-жемис нәллери отырғызылды. Сондай – ақ, Әжинияз бабамыздың қәбир, мақбарасына зыяратқа келген Шоманай районы 5-санлы мектептиң оқытыўшылары ҳәм «Бозатаў» АПЖ турғынлары менен ушырасыў-сәўбетлери өткерилип, шайырдың өмири ҳәм дөретиўшилиги кеңнен үгит-ңәсиятланды.

 

Г.Оразбаева, Д.Қудиярова, А.Жақсыбаева,

НМПИ Қарақалпақ әдебияты кафедрасы жанындағы «Зийўар» әдебий дөгереги ағзалары.