Күндизги ўақытлары автомобиль шырағын қосып жүрмегенлерге қандай шара көриледи?

Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 128-статьясы биринши бөлиминде сыртқы жақтыландырыў әсбапларынан пайдаланыў қағыйдаларын бузғаны ушын жаза нәзерде тутылған.
Тийисли тәртипте 10-апрельден баслап күндизги ўақытлары жақынды жақтыландырыўшы шырақларды ямаса күндизги сигнал шырақларын қосып ҳәрекетлениў ҳаққындағы қағыйданы бузыў жағдайы усы статья менен жазаланады. Биринши мәрте қағыйда бузғаны ушын ең кем мийнет ҳақының 1/2 бөлими (ярым есеси), тәкирар түрде жүз берген болса санкция муғдарына тәсир етеди – олар «аса кеткен» қағыйда бузыўшылар типине киргизилип, ең кем мийнет ҳақының 4 есеси муғдарында жәриймаға тартылады ямаса ярым жылға транспорт басқарыў гүўалығынан айрылады.
Умытпаң, бул норма 10-апрельден баслап күшке кирди. Усы сәнеден баслап ҳәмме оған әмел етиўи керек. Жаңа қағыйданы бузғаны ушын нызамшылықта жуўапкершилик белгиленген ҳәм оны қоллаў механизмлери де ислеп шығылған.
Ислам Матеков.