Әмелиятшы студент әмелият жуўмақларына арналған кеше шөлкемлестирди

Филология факультети 4-курс студенти Санъат Юсупов Нөкис қалалық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 38-санлы улыўма билим бериў мектебинде өзиниң мәмлекетлик-педагогикалық әмелиятын табыслы алып барды.

Әмелият даўамында студент мектептиң 7-«а» класс оқыўшылары менен ислесип, өзиниң билим ҳәм көнликпелерин беккемледи.

Әмелият жуўмақлары бойынша филология факультети студенти усы класс оқыўшылары ушын хошласыў кешесин шөлкемлестирди.

Оларға аз да болса билим берип, өз тәжирийбесин арттырған студент оқыўшыларға ҳәм мектеп жәмәәтине миннетдаршылық билдирип, ҳәр қыйлы сыйлықлаў илажларын өткерди.