Сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы кафедрасы баслығы Өзбекстанда Қазақстан жылының ашылыў салтанатына қатнасты

Хабарыңыз бар, усы жылдың 14-15-апрель күнлери Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев елимизде рәсмий сапарда болды.

15-апрель күни «Өзбекстан» халықаралық конференциялар сарайында Өзбекстанда Қазақстан жылының рәсмий ашылыў салтанаты болып өтти.

Ашылыў салтанатына институтымыздың сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы кафедрасы баслығы, Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңеси депутаты, Қарақалпақстандағы Қазақ миллий-мәдений орайы баслығы Жанжайхан Дәрменов та қатнасты.

Салтанатты Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ашып, туўысқан қазақстанлыларды елимизге сапары менен қутлықлады.

– Өзбекстанда Қазақстан жылының ашылыўы стратегиялық шериклик қатнасықлары кем-кемнен беккемленип, исеним ҳәм өз-ара қоллап-қуўатлаў күшейип атырғанынан дәрек береди. Бул әҳмийетли ўакыя халықларымыз арасындағы мәңги ҳәм шын жүректен дослық, мәдений ҳәм руўхый жақынлықтың белгиси есапланады, – деди Шавкат Мирзиёев.

Елимизде Қазақстан жылына үлкен таярлық көрилди. Оның шеңбериндеги илажлар көркем өнер, илим, билимлендириў ҳәм исбилерменлик тараўлары ўәкиллерине өз-ара мәплерге тийкарланған байланысларды жолға қойыў, билим ҳәм тәжирийбе алмасыў ушын жаңа шеклерди ашады. Мәдениятларымыздың бир-бирин байытыўына, халықларымыздың және де жақын болыўына хызмет етеди.

Ашылыў салтанаты үлкен концерт бағдарламасы менен даўам етти.