Жасларды толқындырған шайыр
Қарақалпақ халқының классик шайыры, уллы данышпан Әжинияз Қосыбай улының туўылғанына 195 жыл толыў мүнәсибети менен 2019-жылдың 12-апрель күни Әжинияз атындағы НМПИ мәжилислер залында «Елиниң еркин ҳәм азат, жериниң бағы- бостан болыўын жыр еткен шайыр» атамасындағы «Әжинияз күнлери» ҳәм Республикалық илимий-теориялық конференция болып өтти. Соның менен бирге, НМПИдиң Мәлимлеме-ресурс орайында Әжинияз Қосыбай улының баспадан шыққан топламлары ҳәм илимпазларымыздың шайырдың дөретиўшилиги бойынша алып барылған изертлеў жумыслары китаплар көргизбеси болып өтти. Конференцияны К.Алламбергеновтың басшылығында қарақалпақ әдебияты кафедрасы ҳәм кафедра жанындағы «Зийўар» әдебий дөгереги студент жаслары шөлкемлестирди.
Мәжилисти руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша проректор Қ.Қадиров кирис сөз бенен ашып берди ҳәм оған академик Ж.Базарбаев, К.Алламбергеновлар өз баянатлары менен қатнасты. Сондай-ақ, институттың бир қатар профессор-оқытыўшылары шығып сөйледи. Әжинияздың өмири ҳәм дөретиўшилиги, оның изертлениўи ҳаққында көплеген мағлыўматлар берилди ҳәм талқыланды.

Конференцияның екинши бөлими көркем бөлим болып, қарақалпақ әдебияты кафедрасы жанындағы «Зийўар» әдебий дөгерегиниң студент жаслары таярлаған концерт бағдарламасы тамашаланды. Атап айтқанда, филология факультетиниң түркмен тили ҳәм әдебияты, қазақ тили ҳәм әдебияты қәнигелиги студентлери, қарақалпақ тили ҳәм әдебияты қәнигелигиниң 2-курс студентлери Әжинияз шайырдың қәлемине тийисли қосық қатарларын көркемлеп оқып берди ҳәм 3-курс студент жаслары тәрепинен таярланған И.Юсуповтың «Әжинияз» операсының либреттосынан сахналық көринис тамашаланды. Сондай-ақ, педагогика факультетиниң музыкалық тәлим бағдары студентлери тәрипинен Әжинияз Қосыбай улының нама қосықлары атқарылды. Нөкис қалалық №37 – санлы улыўма билим бериў мектебиниң 5-класс оқыўшысы Әжинияз шайырдың қуўлығы Қазақбаева Миржамалдың атқарыўындағы қосық ҳәм аяқ-ойыны да бағдарламадан орын алды.

Мәжилис соңында филология факультети студент жаслары қатнасыўында художниклер арасында Ең жақсы сүўрет, Шайырлар мушайрасы, Ең жақсы қосық, Ең жақсы шығарма номинациялары бойынша шөлкемлестирилген жарыс жеңимпазлары, көркемлеп оқыў ҳәм сахналық көринис қатнасыўшылары Ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды. Бул конференция жаслардың тәлим-тәрбиясына, дөретиўшилик жумысларына өзиниң унамлы тәсирин тийгизбей қоймайды. Усындай мәжилислер тез-тезден өткерилип турса, жаслардың Ана Ўатанға деген сүйиспеншилиги артып, уллы тулғаларды қәдирлеп, олардың жолын даўам еттириўине исенимимиз кәмил.
Дина Кудиярова.