Институтымызда «Уллы мақсетлерге умтылыўшылар» китапқумарлар турнири китапханасы ашылды

Институтымыздың шет тиллери ҳәм дене мәденияты факультетлери жайласқан имаратта «Уллы мақсетлерге умтылыўшылар» китапқумарлар турнириниң китапханасы ашылды.
Ҳәзир бул китапханадан 40 тан аслам китаплар, атап айтқанда, қарақалпақ, өзбек, жәҳән әдебиятының ең қунлы дөретпелери, соның менен бирге, институтымыз профессор-оқытыўшылары ҳәм илимий излениўшилериниң бир неше атамадағы илимий мийнетлери, оқыўлық қолланбалары да орын алған.

Китапхана азанғы 09:00 ден баслап кешки 18:00 ге шекем өз жумысын даўам еттирмекте. Бул жерде китапларды нақ пул, пул өткериў жоллары арқалы сатып алыўыңыз ямаса ижараға алып, оқып шығыўыңыз мүмкин.
Мағлыўмат ушын, «Уллы мақсетлерге умтылыўшылар» китапқумарлар турнири кең жәмийетшиликке танылып үлгерген китаплар шайдасы, жас излениўши Мақсет Абдуллаевтың басламасы менен бир неше жыллардан берли Қарақалпақстан Республикасының барлық аймақларында өткерилип киятырған бирден-бир китапқумарлық жарысы болып есапланады.
Ислам Матеков,
НМПИ баспасөз хаткери.