Жоқары оқыў орынларына онлайн тәризде қай тәртипте ҳүжжет тапсырыў мүмкин?

Ҳүкиметлик қарардың жойбарына муўапық, 1-майдан баслап Өзбекстан жоқары оқыў орынларына ҳүжжет тапсырыў басланыўы жобаластырылған, деп жазады Kun.uz.
Мәмлекетлик хызметлер агентлигиниң хабар бериўинше, 1-майдан баслап қәлеген жергиликли жоқары оқыў орнына ҳүжжетлерди өз жасаў орнынан узақласпастан – Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы ямаса үйден шықпастан – my.gov.uz порталы арқалы жибериў имканияты жаратылған.
Төменде ҳүжжетлерди онлайн тәризде жибериў ушын қәлиплерди толтырыўды үйрететуғын графикалар усынылмақта.
1-қәдем. Паспорт, жасаў мәнзили, телефон мағлыўматларын толтырыў.

2-қәдем. Сиз питкерген оқыў орны ҳаққында мағлыўмат киргизиў (колледж, лицей ямаса мектеп).

3-қәдем. Оқыў түрин (күндизги, кешки, сыртқы) ҳәм тилин сайлаў, тест тапсырыў графигин белгилеў.

Усы жердиң өзинде үстинлик тәртиби менен қәлеген 3 жоқары оқыў орнын сайлап, сынақтан өткерилетуғын шет тили ҳәм имтихан тапсырылатуғын аймақты белгилеў керек.

4-қәдем. Мәмлекетлик төлемди төлеў (арнаўлы системалар арқалы онлайн төлем төлеў имканияты жаратылады).
Буннан соң арза көрип шығыў ушын жиберилип, бул ҳаққында тийисли хабарнама жолланады.
Ислам Матеков.