Институтымыз оқытыўшысы Мойнақ районындағы тәжирийбе майданына өсимликлер екти

Усы жылдың 16-19-апрель күнлери институтымыздың ботаника, экология ҳәм оны оқытыў методикасы кафедрасы оқытыўшысы, биология илимлериниң кандидаты Р.Ешмуратов ҳәм Қарақалпақ мәмлекетлик университети доцентлери Қ.Қосназаров ҳәм А.Сайтовалар Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Арал бойы Халықаралық инновациялық орайының Мойнақ районындағы Тик өзек хожалығында жайласқан 2 гектарлық тәжирийбе майданына барып, ол жерге амарант ҳәм киноа өсимликлерин егип қайтты.
