Өзбекстан Қаҳарманы Озод Шарафиддинов 90 жаста

Өзбекстан Қаҳарманлары – халық шайыры Ибрайым Юсупов, халық жазыўшысы Төлепберген Қайыпбергенов, белгили әдебияттаныўшы алым Озод Шарафиддиновлардың туўылғанының 90 жыллығы мүнәсибети менен өткерилетуғын  «Көркем әдебият ҳәм әдебияттаныў илиминиң жарық жулдызлары» атамасындағы Республикалық илимий-теориялық конференция ҳәм күнлер шеңберинде филология факультети 2-курс студентлери арасында көрик таңлаў өткерилди.

Таңлаўды Қарақалпақ әдебияты кафедрасы баслығы, филология илимлериниң докторы, профессор, Қарақалпақстан халық жазыўшысы К.Алламбергенов кирис сөз бенен ашып берди ҳәм барлық қатнасыўшыларды Өзбекстан Қаҳарманы О.Шарафиддиновтың 90 жыллық юбилейи менен қутлықлады. Соның менен бирге, қутлықлаў ушын сөз филология факультети деканы, филология илимлериниң кандидаты, доцент Б.Давлетовқа берилди.

Таңлаў үш шәрттен ибарат болып, биринши шәртте ҳәр топардан бир қатнасыўшы Озод Шарафиддиновтың өмир жолына байланыслы мағлыўматлар менен, ал екинши шәртте дөретиўшилиги бойынша баянат жасаў шәрти қойылды. Бул шәртлер талаба жаслардың илимий жақтан изленислерин бақлаў мақсетинде берилген болса, үшинши шәртте олардың талантын, дөретиўшилик уқыбын раўажландырыў мақсет етип қойылған. Яғный үшинши шәртте Озод Шарафиддиновтың өмири ҳәм дөретиўшилиги, изленислери ҳәм ислеген мийнетлери сахналық көринисте өз сәўлесин тапты.

Таңлаў соңында төреши қурам ағзалары тәрепинен топарларға қойылған баллардың нәтийжеси жәрияланып 2-В топары 1-орынды, 2-А топары 2-орынды, 2-Б топары 3-орынды ийелеп, оларға тийисли саўғалар тапсырылды. Сондай-ақ, төрешилер қурамы ағзалары ҳәм «Зийўар» әдебий дөгереги басшысы М.Бекбергенова тәрепинен таңлаў қатнасыўшылары қутлықланып, жуўмақ жасалды.

Усындай көрик таңлаўлар талаба жаслардың излениўлеринде ҳәм дөретиўшилик жумысларында руўхый азық болып хызмет етеди. Олардың илимге, китап оқыўға деген қызығыўшылықлары артады.

 

Дина Кудиярова,

Филология факультети 3-курс студенти.