Жаслар аўқамы институтымыздың 23 студентиниң контракт пулларының 35 процентин төлеп берди

Усы жыл 24-апрель күни Жаслар орайында «Мен болмақшыман» атамасында ушырасыў  өткерилди.

Ушырасыўға «Мард ўғлон» мәмлекетлик сыйлығының лауреаты, капитан Қабылжан Ҳошимов ҳәм Сабур Саотов, «Жас китапқумар-2018» таңлаўының Өзбекстан Республикалық басқышы жеңимпазы Нурсулыў Қоқановалар қатнасып, жыйналғанларға ерискен жетискенликлери ҳаққында кең түрде айтып берди.

Буннан соң, Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен жоқары оқыў орынларында жәмийетлик жумысларда ҳәм аўқамның басланғыш шөлкеминде белсене қатнасқан, орташа өзлестириўи 86  проценттен жоқары болған 62 студенттиң төлемли шәртнама пулының 35 проценти төлеп берилгени ҳаққындағы сертификатлар тапсырылды.

Қуўанышлы тәрепи, олардың 23 и институтымыздың студент ҳәм магистрантлары болып есапланады.

 

Ислам Матеков,

НМПИ баспасөз хаткери.