«ЖӘҲӘН КУБОГИНИҢ ЖОЛЛАМАСЫ ҚОЛДАН КЕТТИ» ДЕЙДИ БАЙДАРКА ҲӘМ КАНОЭ БОЙЫНША РЕСПУБЛИКАНЫҢ БАС ТРЕНЕРИ ӨТЕБАЙ ҮСЕНОВ
Қытайда болып өтетуғын парканоэ бойынша Жәҳән кубоги алдынан Өзбекстан сайланды командасын муўапықластырыў мақсетинде апрель айының 10-14-сәнелеринде Самарқанд ўәлаятында серелеўши беллесиўлер өткерилди. Бул итибарлы беллесиўге институтымыздың Дене мәденияты факультетиниң студенти, Өзбекстан чемпионы, Азия кубогиниң гүмис медалының ийеси Әбдибек Уснатдинов та қатнасып, өз имканиятын сынап көрди. Ә.Уснатдинов финаллық беллесиўге шекем жетип келип, жарысқа хожейинлик етип атырған команданың ўәкили Хайтмурод Серкузиевқа азғана парқ пенен өз имканиятын берип қойды.
-Бул команда қысы-жазы суўда шынығыўлар алып барады. Бизиң спортшыларымыздың суўға шыққанына жаңа ғана бир-еки ҳәпте болды. Оқыў-таярлық жыйынын өткериў ушын тийисли шөлкемлер қаржы менен тәмийинлеп бере алмады. Нәтийжеде, Жәҳән кубогиниң жолламасы қолдан кетти,-дейди команда тренери Ө.Үсенов.
Қарақалпақстан Республикасында байдарка ҳәм каноэда ескек есиў спортының қәлиплесиўи ҳәм раўажланыўы ҳаққында сөз барғанда барлық спортшылардың да алдын бурынғы Аўқам, кейин Өзбекстан көлеминде жеңимпаз ҳәм сыйлы орынларды ийелеп келгенлиги ҳаққында мағлыўматқа ийе боламыз. Өткен жылы «Нөкис пединституты» газетасының сентябрь айындағы санында Дене мәденияты факультетиниң 1-курс студенти Әбдибек Уснатдиновтың Өзбекстан кубоги беллесиўинде жеңимпаз болып, Азия кубоги жолламасын қолға киргизгени ҳаққында хабарландырыў берилген еди. Ә.Уснатдинов парканоэ бойынша Азия кубоги беллесиўинде сыйлы 2-орынды ийелеп, гүмис медаль менен сыйлықланды. Әбдибектиң бул табысы байдарка ҳәм каноэда ескек есиў спорты тарийхында зер ҳәриплер менен битилетуғын ўақыя болды. Себеби, усы күнге шекем спорттың бул түри бойынша бир де қарақалпақстанлы спортшы Азия көлеминдеги беллесиўлерде медаль ийесине айланбаған еди.
Әбдибек 1999-жылы Нөкис қаласында туўылған ўақтында имканияты шекленген болып дүньяға келди. Соңғы дәўирдеги мәмлекетимиз тәрепинен имканияты шекленген жасларға қаратылып атырған итибарды көре отырып, онша түскинликке түспеди. Деген менен, қатарларының арасында бир мүше кемислиги менен жүриў, айырым пәмсизлердиң кемситиўлери, қалай да, жас өспиримге тәсир етпей қоймады. Ол физикалық имканиятын күшейтиў арқалы кемситкенлердиң үстинен шығыў мүмкиншилигин абайлап жетти. Оның үстине Бразилияның Рио До Жанейро қаласында өзбекстанлы паралимпиадашылардың ерискен табысларын көре отырып, сондай-ақ, аўылласы Муҳаммед Туржановтың парканоэ бойынша Өзбекстан көлеминде ерисип атырған табыслары ҳаққында да хабар таўып, оның алдында көп ғана имканиятлар есигиниң ашық екенин аңлап жетти. Ўақытты созбай, байдарка ҳәм каноэда ескек есиў бойынша Қарақалпақстанның аға тренери Өтебай Үсеновтың алдына келди. Өтебай да оны жыллы жүзлилик пенен қарсы алып, ескек есиў сырларын жалықпастан үйрете баслады. Қолы тиймей қалған ўақытларында шәкирти Парахат Сейтжановқа тапсырып қойды. Нәтийжеде арадан бир жыл өтпей атырып-ақ, 2017-жылғы Өзбекстан чемпионатында сыйлы орын ийеси болыўға еристи. Жоқарыда атап өткенимиздей, 2018-жылдың 12-15-сентябрь күнлери Самарқанд қаласында өткерилген парканоэ бойынша Өзбекстан кубоги жарысында бир адамлық қайықта (VL3-200) 200 метр аралыққа ескек есиў бойынша бир де өзбекстанлы спортшыға имканият қалдырмай, кубок жеңимпазлығы менен қоса Азия кубогиниң жолламасын қолға киргизген еди. 22-25-октябрь күнлери болып өткен Азия кубоги беллесиўиниң финаллық басқышында старттан шыққан қайықлар ишинде еки өзбекстанлы қайық финиш сызығын ҳәммеден бурын кесип өтти. Жарыс жеңимпазлығы сол сапары да Ташкент ўәлаятының спортшысы Серкузиев Хайтмуродқа несип еткен еди. Екинши болып Әбдибек жетип келди. Ал, 3-орын япониялы, 4-орын иранлы спортшыларға несип етти. Көрип отырғанымыздай, Әбдибек Азия кубогинде сонша еллерден келген спортшыларды дағда қалдырса да, өз командаласына имканиятты қолдан берип қойды.
А.ҚАИПОВ,
Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы.
