Питкериўшилерди жумыс пенен тәмийинлеў мәселелери додаланды

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2005-жыл 2-июньдағы ПҚ-92-санлы  Қарарының әҳмийети ҳәм сол Қарардың 6-бәнтине тийкарланып Өзбекстан Республикасы Экономика, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў, Халық билимлендириў, Мийнет ҳәм халықты социаллық жақтан қорғаў министрликлери тастыйықлаған ҳәм Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен 2005-жыл 6-августта №1506-сан менен дизимге алынған “Кадрларды мәмлекетлик грантлары тийкарында мақсетли таярлаў тәртиби ҳаққындағы Устав”қа тийкарланып ис алып барады.

Уставқа тийкарланып 2005-2006 оқыў жылынан баслап жоқары оқыў орынларын мәмлекетлик грант тийкарында питкериўшилери мәжбүрий тәртипте кеминде 3 жыл ислеп бериў шәрти менен билимлендириў тараўларына жумысқа бөлистириледи.

Бакалавриаттың күндизги бөлими ҳәм магистратура питкериўшилерин жумыс орынларына бөлистириў комиссиясының қурамы Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў, Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрликлериниң ҳәм институт бойынша Қоспа буйрығы менен тастыйықланды.

Институтта питкериўшилер менен 2019-жыл 24-25-апрель күнлери Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў, Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрликлеринен ҳәм қала, район халық билимлендириў ҳәм мектепке шекемги билимлендириў бөлимлери баслықлары, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигинен ўәкиллер қатнасты. Питкериўшилер өзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

2018-2019-оқыў жылы институты бакалавр тәлим бағдарлары бойынша жәми 1282 питкериўши, соннан 431 питкериўши мәмлекетлик грант тийкарында, 851 питкериўши төлемли контракт тийкарында питкериўи күтилмекте.

Магистратура бөлимин жәми 32 питкериўшиден 9 питкериўши мәмлекетлик грант тийкарында, 23 питкериўши төлемли контракт тийкарында питкериўи күтилмекте.

Олар «Жас қәнигелерди жумыс пенен тәмийинлеўге көмеклесиў» ҳаққындағы шәртнамаларын дүзди, төлемли контракт тийкарында тәлим алған 85 питкериўшиге өз бетинше жумысқа орналасыў имканияты бериледи.

Питкериўшилерди жумыс орынларына бөлистириў комиссиясы «Жас қәнигелерди жумыс пенен тәмийинлеўге көмеклесиў» ҳаққындағы үш тәреплеме (ректор-питкериўши-жумыс бериўши) дүзилген шәртнамаға тийкарланып мәжилис қарарын қабыл етеди ҳәм институтты табыслы тамамлаған күннен баслап ҳәр бир питкериўшиге жоқары мағлыўматы ҳаққында дипломнан көширме, жумысқа жиберилгенлиги ҳаққында жоллама, бөлистириў комиссиясы қарарынан көширме бериледи.

 

 

П.Хожаниязов,

Маркетинг бөлими баслығы.