Институтымызда зийрек студентлердиң илимий изертлеў жумысларын шөлкемлестириў бөлими дүзилди

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 27-июльдеги «Жоқары мағлыўматлы кадрларды таярлаў сыпатын асырыўда экономика тараўларын ҳәм тармақлардың қатнасын және де кеңейтиў илажлары ҳаққында»ғы  ПҚ-3151-санлы қарарының 7-бәнтиндеги ўазыйпалардан келип шығып, Нөкис Мәмлекетлик педагогикалык институтында апрель айынан баслап «Зийрек студентлердиң илимий-изертлеў жумысларын  шөлкемлестириў» бөлими өз жумысын баслады. Бөлимге филология илимлериниң кандидаты Пахратдинов Каримберди Абдисайтович басшылық етпекте. Зийрек студентлердиң илимий изертлеў жумысларын шөлкемлестириў бөлими,  бөлим Нызамы ҳәм ҳәр айда институт ректоры тәрепинен тастыйқланған жыллық ис режесине тийкарланып жумыс алып барады. Зийрек талабалардың илимий-изертлеў жумысларын шөлкемлестириў бөлими төмендеги мақсет ҳәм ўазыйпаларды әмелге асырады:

 

Бөлимниң тийкарғы мақсети:

-институттың зийрек студентлери ҳәм магистрантларын илимий проектлерде, грантларда қатнасын шөлкемлестириў бөлими болып есапланады;

-Зийрек талабалардың Өзбекстан Республикасы Президенти стипендиясы ҳәм Мәмлекетлик, Республикалық стипендияларында қатнасыўын тәмийнлеў;

-кафедралар, факультетлерде зийрек студентлер менен исленип атырған жумысларды қадағалаў ҳәм басшылыққа алыў;

-студентлердиң өз имканиятларын әмелге асырыў ҳәм раўажландырыў ушын илимий шараятлар жаратыў,  бул ислерге профессор-оқытыўшылардың белсене қатнасын тәмийнлеў;

-кафедраларда алып барылып атырған әҳмийетли илимий изертлеў, дөретиўшилик ислерге талабалардың жедел қатнасын тәмийнлеў;

-студентлер арасында «Ең жаксы илимий жумыс» таңлаўын шөлкемлестириў;

-кәсипке таярлаў бойынша олардың дөретиўшилик, интеллектуал мүмкиншилигин раўажландырыўға кең илимий жәмәәтшиликтиң итибарын қаратыў.

 

Бөлимниң атқаратуғын ўазыйпалары:

-илимий излениўлерге қызыққан, еркин пикирге ийе, қәбилийетли, зийрек студентлерди дәслепки курслардан таңлар алыў ҳәм оларды профессор-оқытыўшыларға бириктириў;

-студентлер арасында жаңа стараплар, таңлаўлар ушын мақалалар, докторлық диссертацияларды таярлаў ҳам оны баспадан шығарыўдиң әҳмийетли мәселелери бойынша студентлер қатнасыўында илимий семинарлар шөлкемлестириў;

-Өзбекстан Республикасы Президенти стипендиясы, Ислам Каримов, Беруний, Наўайы Мәмлекетлик стипендиялар таңлаўына қатнасыўшылар ушын Өзбекстан, Қарақалпақстан тарийхы, мәлимлеме хабар технологиялары ҳәм шет тили пәнлеринен қосымша сабақлар шөлкемлестириў;

-институт бойынша зийрек студентлерди анықлаў бойынша мониторинг өткериў;

-зийрек студентлердиң тәлим бағдары бойынша мағлыўматлар банкин жаратыў ҳәм  жаңалап барыў;

-ҳәр семестир жуўмағында факультетлер кесиминде «Ең жақсы студенттиң илимий жумысы» таңлаўын өткериў ҳәм оларды хошаметлеў.