Институтта «Гүллер байрамы» болып өтти

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында «Гүллер байрамы» болып өтти.
Байрамды институттың химия-биология факультети ботаника, экология ҳәм оны оқытыў методикасы кафедрасы биологияны оқытыў методикасы бағдарының профессор-оқытыўшылары ҳәм студентлери шөлкемлестирди.

Илаж дәслеп гүллер көргизбеси менен басланды. Онда ҳәр бир қатнасыўшы команда жергиликли ҳәм сырт еллерде өсирилетуғын гүллер, олардың сүўретлери, гүл тәрбиясы ҳаққында жазылған илимий мийнетлерди жыйналғанлар итибарына усынды.

Буннан соң биологияны оқытыў методикасы бағдарының 1-, 2- ҳәм 3-курс студентлери сәлемнама, гүллер ҳаққында сораў-жуўаплар, студентлердиң қоллары менен исленген гүллер ҳәм «Гүллер тилге киргенде» атамасындағы ҳәзил, тәлим-тәрбияға баслайтуғын сахналық көринислерден ибарат шәртлер тийкарында өз қәбилетлерин, ийелеген билимлерин көрсетип берди.
Жарыс жуўмағында жеңимпазлар анықланып, шөлкемлестириўшилер тәрепинен сыйлықланды.
Ислам Матеков,
НМПИ баспасөз хаткери.