Магистратураға кириўде айырым имтиханлар бийкар етилди. Және қандай өзгерислер болды?

Ҳүкиметтиң «Жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў, студентлердиң оқыўын көшириў, қайта тиклеў ҳәм оқыўдан шетлетиў тәртиби ҳаққындағы уставларды тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарарына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди.
Киргизилген қосымшаларға муўапық, магистратураға кириўде төмендегилер бийкар етилди:
– магистратураға кириўшилердиң илимий ҳәм илимий-педагогикалық жумысларға болған қәбилети ҳәм қызығыўшылығын анықлаў мақсетинде сайланған қәнигеликке сәйкес сораўлар тийкарында сәўбет;
– «Информатика ҳәм мәлимлеме технологиялары» пәни бойынша сынақ;
– «Өзбекстанда демократиялық жәмийет қурыў теориясы ҳәм әмелияты» пәни бойынша сынақ.
Магистратураға ҳүжжет тапсырғанлардың TOEFL бойынша кеминде 72 ямаса IELTS бойынша кеминде 5,5 балл болғанында олар шет тилинен кириў сынағына қатнаспайды. Алдын бул нәтийжелер TOEFL бойынша кеминде 58 ямаса IELTS бойынша кеминде 5 балл болыўы керек еди.

Ислам Матеков.