Шет тиллери факультети 3-курс студентлери 47-санлы мектепте әмелиятта

Институтымыздың шет тиллери факультети инглис тили ҳәм әдебияты бағдарының 3-«г» топар студентлери Нөкис қалалық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 47-санлы қәнигелестирилген мектепте әмелият алып бармақта.

Әмелиятшы студентлерди мектеп ҳәм мектеп оқыўшыларына сабақ өтиў процесслери менен жақыннан таныстырыў, оқыўшылар менен дослық қатнасықларын орнатыў сыяқлы жумысларға инглис тили ҳәм әдебияты кафедрасынан методист Зәўре Саитова басшылық етпекте.