Республикалық пән олимпиадаларында жеңимпаз болғанлар жоқары оқыў орынларына имтихансыз кире алмайтуғын болды ма?

Президент Шавкат Мирзиёев «Қәбилетли жасларды анықлаў ҳәм жоқары қәнигели кадрлар таярлаўдың үзликсиз системасын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарарға қол қойды.
Қарар тийкарында:
– Халық билимлендириў министрлигинде 14 штат бирлигинен ибарат Пән олимпиадалары бойынша қәбилетли оқыўшылар менен ислесиў департаменти шөлкемлестириледи;
– Буннан былай тек ғана халықаралық олимпиадалардың жеңимпазлары жоқары оқыў орынларына тест сынақларысыз қабыл етиледи. Усындай жеңиллик беретуғын халықаралық олимпиадалар дизими тастыйықланды;
– Республика көлеминде өткерилетуғын тийкарғы пән олимпиадаларының жеңимпазларын имтихансыз жоқары оқыў орнына қабыллаў системасы бийкар етиледи. Буннан былай тийкарғы олимпиадалардың республикалық басқышында 1-3-орынларды ийелеген қатнасыўшыларға қәнигелик пәни бойынша жоқары оқыў орынларына кириў имтиханларында максимал балл алыў ҳуқықын беретуғын ҳәм үш жыллық мүддет даўамында әмел ететуғын сертификат бериледи.
Ислам Матеков.