Шет тиллери факультети студентлери саўаплы иске қол урды
Усы жылдың 7-май күни институтымыздың шет тиллери факультетиниң бир топар белсенди студент-жаслары пайтахтымыздағы №47 «Қумбыз аўыл» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасайтуғын жалғыз баслы Айтмурат Қалмуратовтың ҳалынан хабар алды.

Студентлер Айтмурат ағаның үй әтирапында абаданластырыў ҳәм көгалландырыў жумысларын қызғын пәтлерде алып барды – жабайы шөплерди шаўып, атызларын аўдарды ҳәм жүзимлерин қайтадан беккемлеп байлап шықты.
Жаслардың бундай саўаплы иссинен Айтмурат ағаның кеўли толып, пәтиясын берди.