Өзбекстан Қаҳарманы Ибрайым Юсупов ҳәм урыс ветераны Турсынбахый Әбдимуратовлардың қойымшылығы абаданластырылды

Институтымыздың шет тиллери факультетиниң бир топар студент-жасларының басламасы менен 9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни мүнәсибети менен пайтахтымыздағы Шорша баба қойымшылығындағы Өзбекстан Қаҳарманы, халық шайыры Ибрайым Юсупов ҳәм урыс және мийнет ветераны Турсынбахый Әбдимуратовлардың қойымшылықлары зыяратланып, олардың әтирапында абаданластырыў жумыслары алып барылды.
