Тарийх-география факультети 1-курс студентлери Үлкен Қырққыз қаладағы қазыў жумысларында дүньялық әҳмийетке ийе тарийхый табылма тапты

ӨзА хабаршысы Есимқан Қанаатовтың мәлим етиўинше, Үлкен Қырққыз қала археологиялық комплексинде археологиялық қазыў жумысларын алып барып атырған Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты тарийх-география факультети профессор-оқытыўшылары ҳәм студентлери әмелий сабақларды сол жердиң өзинде алып бармақта.
Мағлыўматларға қарағанда, қазыў жумысларында россиялы илимпазлар да қатнаспақта. Қазыў нәтийжесинде студентлер тәрепинен б.э.ш. III-IV әсирлерге тийисли болған гүзе ҳәм басқа да буйымлар табылмақта.

Автордың хабарда жазыўынша, факультеттиң 1-курс студенти қазыў жумыслары даўамында дийўалға сызылған көк реңли сүўретти тапқан. Бул үлкен тарийхый табылма екенлиги айтылмақта.
Рестовратор Вадим Ягодинниң билдириўинше, бул дүньялық әҳмийетке ийе табылма бола алады.