Математика-информатика факультетиниң бир топар студентлери Самарқанд ҳәм Бухараны зыяратлады

9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни мүнәсибети менен институтымыздың математика-информатика факультетиниң бир топар белсенди студентлери жер жүзиниң гәўҳары ҳәм ислам дүньясының орайларының бири Самарқанд ҳәм Бухара қалаларына саяхат етти.

Ол жерлердеги тарийхый естеликлер, сарайлар ҳәм дүньяға белгили ата-бабаларымыздың мәңги қоным тапқан орынларын зыяратлап, бай тарийхымызға гүўа болып қайтты.

 

Айсулыў Утепбергенова.