Институтымызда жол-транспорт ҳәдийселериниң алдын алыў ҳәм жаңадан киргизилип атырған қағыйдалар бойынша студентлерге кең түсиниклер берилди

Институтымыздың киши мәжилислер залында жол-транспорт ҳәдийселериниң алдын алыў ҳәм жаңадан киргизилип атырған қағыйдалар бойынша студентлерге кең түсиниклер бериў мақсетинде тараў ўәкиллери менен ушырасыў болып өтти.
Ушырасыўды институттың жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша проректоры Қ.Қадиров басқарып барды.
Ушырасыўда шығып сөйлеген ҚР ИИМ жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы баслығы, подполковник П.Мәденов, басқарманың дизимге алыў ҳәм имтихан қабыллаў бөлиминен М.Әжиниязов, баспасөз топары ўәкили С.Қәллибеков, басқарманың ҳәкимшилик тәжирийбе инспекторы Ж.Төрениязовлар соңғы ўақытларда елимизде транспортлардың санының кескин артыўы менен жолларда қағыйдаларға әмел етиў, әсиресе, кесилиспе, пиядалар өтиў орны ҳәм басқа да жағдайларда жол ҳәрекети қағыйдаларына әмел етиўдиң әҳмийети жөнинде кең түрде атап өтти.

Олар усы жылдың дәслепки шерегинде дизимге алынған қағыйда бузыў жағдайлары, әсиресе, булар ақыбетинде инсанлардың денсаўлығына, сондай-ақ, материаллық дүньясына зыян келип атырғаны ҳаққында сөз етти.
Соның менен бирге, тараўдағы соңғы өзгерислер, жаңалықлар бойынша студентлерге кең түсиниклер берилди.
Ушырасыў сораў-жуўаплар менен даўам етти.
НМПИ баспасөз хызмети.