Жоқары оқыў орнына тапсырыў ушын «бир минимальный» төлеў жойбары қайта көрип шығылады

Әдиллик министрлиги тәрепинен өткерилген «Нызамшылықтағы жаңалықлар» атамасындағы брифинги ҳәм баспасөз конференциясында жоқары оқыў орынларына тест сынақлары арқалы қабыллаў системасын жетилистириў бойынша қарар жойбарында келтирип өтилген және бир тәреп – оқыўға кире алмай қалған абитуриентлер екинши жылы оқыўға тапсырыў ушын ең кем мийнет ҳақының 1 есеси (202 730 сум) муғдарында төлем төлеўи бойынша қызғын пикир-таласлар болып өтти.

Бул бойынша қәнигелер тәрепинен төлем муғдарының қайта көрип шығылыўы бойынша усыныслар ислеп шығылып атырғаны мәлим етилди.

 

Ислам Матеков.