Мектеплерде оқыўшылардың телефоннан пайдаланыўы қадаған етилген бе?

Әдиллик министрлигиниң телеграм каналында мәлим етилиўинше, мектеплерде билим алыўшыларға сабақлар ҳәм илажлар аралығында тек ғана себепли ҳәм кешиктириўге болмайтуғын зәрүр жағдайларда ата-анасы, жақын ағайин-туўысқанлары, мектеп басшылары ямаса хызметкерлери менен жедел түрде байланысыў мақсетинде телефонлардан пайдаланыўға (қоңыраў етиў, SMS, MMS, GPRS жибериўге, Bluetooth, Интернет ҳәм усы сыяқлылар хызметинен пайдаланыўға) рухсат етиледи.
Сабақлар ҳәм ҳәр қыйлы илажлар аралығында телефон арқалы сөйлесиў ушын бөлмеден коридорға ямаса фойеге шығыў, төмен даўыс тонында ҳәм қысқа ўақыт сөйлесиў керек.
Ислам Матеков.