Абитуриентлер қашаннан баслап 5 пәннен тест тапсыратуғыны белгили болды

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Жоқары билимлендириў мәкемелерине тест сынақлары арқалы қабыллаў системасын жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.
Қарарға муўапық, 2020-2021-оқыў жылы қабыллаўынан баслап тест сынағын тапсыратуғын пәнлер комплекси 2 бөлимге ажыратылады.
Биринши бөлимге барлық тест тапсыратуғынлар ушын мәжбүрий болған төмендеги 3 пән киргизиледи:
– ана тили (өзбек, рус ямаса қарақалпақ тили);
– математика;
– Өзбекстан тарийхы.
Екинши бөлимге болса абитуриент таңлаған бакалавриат бағдарына сәйкес келетуғын еки пән киргизиледи.
Ислам Матеков.