Институтымызда Қарақалпақстанда өткерилген Эразмус+ ҳәптелигиниң ушырасыўы болып өтти

Қарақалпақстанда өткерилген Эразмус+ ҳәптелигиниң соңғы ушырасыўы Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында өткерилди.
Ушырасыўды институттың илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректоры Полат Калханов ашты ҳәм алып барды.
Күн тәртибиндеги белгиленген темалар бойынша презентациялар исленди. Дәслеп Эразмус+ бағдарламасы шеңбериндеги жоқары билимлендириўдиң имканиятларын кеңейтиў бойынша исленип атырған Қарақалпақстандағы жойбарлар ҳаққында, жойбарлар тарялаў усыллары, кредит мобильлик ҳаққында жыйналғанларға Эразмус+ миллий экспертлер топарының ағзасы Бахытбай Палўанов кең түрде мағлыўматлар берди. Ол «Қарақалпақстандағы Эразмус+ жойбарлары» деген темада баянат жасады.
Буннан соң Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде орынланып атырған DECIDE жойбары ҳаққында усы жойбар ағзасы, ҚМУдың журналистика кафедрасы ассистент-оқытыўшысы Ерполат Жәримбетов «DECIDE жойбарының әҳмийети» деген темада презентация иследи. Ол өзиниң Германияның Дрездень техника университетине болған хызмет сапары туўралы айтып берди.

Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының мәлимлеме ресурс орайының директоры Яқыпбек Генжемуратов «Станбул семинарының мақсетлери» атамасындағы презентациясын қатнасыўшыларға усынды. Ол Станбул семинарының нәтийжелери сыпатында таңлаўға 3 жойбар менен қатнасқанын, жаңадан бирге ислесиўшилер тапқанын, сондай-ақ, өзиниң Эразмус Мундус бағдарламасы тийкарындағы TOSCA жойбарында грант жеңимпазы болғанын, Польшаның Адам Мицкеевич университетинде топлаған тәжирийбелерин бөлисти.
Ушырасыў бағдарламасынан тысқары, институттың өзбек филологиясы кафедрасының баслығы Шаҳло Юлдашева да шығып сөйлеп, өзиниң Түркия университетлери менен алып барып атырған жумыслары жөнинде айтты.
Түркия университетлери менен Мевлана бағдарламасы тийкарында бирге ислесиў басланғаны туўралы мағлыўматлар берди.
Ушырасыў соңында институттың халықаралық бөлими баслығы Есимқан Қанаатов шығып сөйледи ҳәм ушырасыў мийманларына тәжирийбелерин бөлискени менен, жыйналғанларға кең түсиниклер бергени ушын миннетдаршылығын билдирди.
Ушырасыў сораў-жуўапларға бай болды, қатнасыўшылар өзлери қызықтырған сораўларға жетерли түрде жуўаплар алды.
Жәҳәнгер Искендеров,
ҚМУ студенти,
Эразмус+ GREB жойбарының ағзасы