Дене мәденияты факультети студентлери жеңил атлетикадан Қарақалпақстан чемпионатында улыўма 10 медаль алыўға еристи

Қарақалпақстан Республикасы Дене тәрбиясы ҳәм спорт министрлиги тәрепинен жоқары оқыў орынларының студент-жаслары арасында спорттың жеңил атлетика түрине киретуғын бир неше түрлери бойынша Қарақалпақстан чемпионаты өткерилди.
Чемпионатқа институтымыздың дене мәденияты факультетинен бир топар студентлер қатнасып, өзлериниң күшли таярлықларға ийе екенлигин көрсете алды.

Жарыс жуўмақларына муўапық, ер балалар арасында 60 метрге жуўырыў бойынша Артур Харисов 1-орын, Атабек Сабиров 2-орын, 800 метр аралыққа жуўырыў бойынша Қуўатжан Әбдимуратов 1-орын, 1500 метр аралыққа жуўырыў бойынша Тимур Сейтов 2-орын, Нуралы Қудайбергенов 3-орын, ядро ылақтырыў бойынша Рамберген Қудайбергенов 1-орын, қыз балалар арасында 60 метрге, сондай-ақ, 400 метрге жуўырыў бойынша Умида Базарбаева 1-орын, ядро ылақтырыў бойынша Шоира Балтабаева 1-орынды ийеледи.
Спортшыларды жарысқа факультет оқытыўшысы Полат Насыров таярлады.